Гөззал ҳаял-қызларға байрам қутлықлаўы
Ассалаўма әлейкум ҳүрметли ҳәм қәдирли аналар!
меҳрибан апалар, гөззал қарындаслар!
Үлкемизге бәҳәр-жаӊаланыўлар мәўсими әжайип байрамлар менен бирге кирип келеди. Соныӊ ишинде бул пасылдыӊ гөззал байрамы–ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетиў дәстүри жыл сайын улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе болып, жоқары дәрежеге көтерилмекте. Жәмийеттиң мәденият дәрежеси, руўхый жетискенлиги ҳаял-қызларға болған мүнәсибет пенен белгиленеди. Дүньяда ҳаял-қызлар меҳриниң баҳасын өлшейтуғын критерия, оған теңлестиретуғын байлық жоқ. Бул ҳаял-қыз деген уллы инсан, ашық көңил, бийтәкирар пидәйылықты өзине сиңдирген уллы қәлип ийеси. Әне усындай пәзийлетлерге ийе болған ҳәр бириңизге 8-март ҳаял-қызлар байрамы мүбәрек болсын!
Әзиз аналар ҳәм қарындаслар!
Кейинги жылларда жәмийетимизде ҳаял-қызларымыздыӊ тутқан орны айрықша Ҳәзирги күнде филиалда 123 профессор-оқытыўшы ҳәм хызметкерлер жумыс алып барып атырған болса, соннан 44 ҳаял-қызларды қурайды. Жәми 931 студент билим алып атырған болса соннан 331 қызларды қурайды. Ал бакалаврият бағдарында 871 студент соннан 312 қыз оқып билим алмақта.
Елимизде Президентимиз тәрепинен алып барылып атырған әдил сиясаттың арқасында ҳаял-қызларымызға үлкен итибар қаратылып келинбекте. Мәҳәллелерде социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың жағдайларын жақсылаў мақсетинде кем тәмийинленген, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген шаңарақ ҳаял-қызларына мораллық ҳәм материаллық жәрдемлер көрсетилиўи, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-мартдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийет турмысындағы белсене қатнасыўын тәмийинлеў системасын жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5020-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-сентябрьдеги «Ата-анасы ямаса олардың биринен айрылған мүтәж қызлар ҳәм бағыўшысы жоқ жалғыз ҳаяллардың жоқары билим алыўын материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында»ғы 585-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен филиалдың 2 талаба қызына бир жыллық контракт пулларының төлеп берилиўи де буның айқын мысалы деп билемиз. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-июльдағы «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың социаллық белсендилигин жәнеде асырыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПФ-6260-санлы пәрманында «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында билим алып атырған перзентлерине 2021-2022-оқыў жылында биринши оқыў жылы ушын төлемли-контракттың толық суммасы мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап берилиўи нәзерде тутылған болып, филиалда шаңарағы «Темир дәптер»ге киргизилген 1 талаба қызға бир жыллық контракт пулының төлеп берилиўи, имкәнияты шекленген 3 талаба ҳәм кем тәмийинленген 1 талаба қызға талабалар турар жайында бийпул жасаўына филиал админстрациясы тәрепинен имкәният жаратылыўы бул ҳаял-қызларымызға деген үлкен итибардың белгиси деп есаплайман.
Елимизде алып барылып атырған барлық жақсы нийет, ийгиликли жумыслары ҳәм гөззаллықлар Сиз аналарымыз, апа-қарындасларымыз ушын жаратылып атырғанлығынан бахытлымыз!
Ҳүрметли ҳаял-қызлар!
Филиалымызда өзиниң ҳадал ҳәм нәтийжели мийнетлери менен ҳүрмет-иззетке бөленип киятырған ҳаял-қызлардың қатары жыл сайын кеңейип баратырғанлығы бизди шексиз қуўаншықа бөлейди. Атап айтқанда Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы мүнәсибети менен ерлер қатарында Ветеринария кафедрасы ассистент-оқытыўшысы Өтегенова Шийринбике ҳәм Зооинженерия кафедрасы баслығы, аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) Төрешова Аминаның «Мустақилликнинг 30 йиллик» көкирек нышаны белгиси менен сыйлықланыўы бәршемизди қуўандырды.
Сондай-ақ, филиалымызда биринши болып Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендия жеӊимпазы Зооинженерия (балықшылық) тәлим бағдары 3-курс студенти Досекеева Ақсынгүлдиң ийе болыўы да бизлерди үлкен қуўанышқа бөледи.
Қәдирли аналар ҳәм қарындаслар, ҳүрметли ҳаял-қызлар!
Республикамыздың гүллән ҳаял-қызларын, қалаберсе филиал ҳаял-қызлар жәмәәтин қызғын түрде әжайип байрам мүнәсибети менен шын кеўилден қутлықлайман!
Ҳәр бириңиздиӊ шаӊарағыӊызға аманлық, тереӊ саламатлық қәлбиӊизге пәк нийетлер, жаңа күш-ғайрат, жумысларыңызда мол табыслар тилейимен! Байрамды шаӊарақ ағзаларыӊыз бенен биргеликте, берекетли дастурхан әтирапында күтип алыў бәршеӊизге несип етсин.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалыныӊ директоры Адилбай Есимбетов
скачать dle 12.1