Биринши болыў– машақатлы ҳәм жағымлы екен
Кейинги жылларда мәмлекетимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар берилип, студент-жасларға кеӊ имканиятлар жаратылып берилмекте. Бизлерден бул имканиятлардан үнемли пайдаланып билиў ғана талап етиледи. Атап айтқанда ҳәр жылы мәмлекетимизде қәбилетли жасларды хошаметлеў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жоқары оқыў орынларындаайрықша баҳаларға оқып атырған студентлерге Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик стипендиялары тайынланып келинбекте. Хабарыӊыз бар, жақында Республика жоқары оқыў орынларыныӊ бакалавриат тәлим бағдарында билим алып атырған 383 бахытлы студент мәмлекетлик стипендия жеӊимпазлары болды. Олар арасында Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеӊимпазы болғанлығым мени шексиз қуўанышқа бөледи. Бул пүткил филиал жәмәәти ҳәм студентлери ушын унамлы жаӊалық болды. Және бир қуўанышлы тәрепи сонда филиалда билим алып атырған студентлер арасында бириншилерден болып мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеӊимпазы болыў бахтына мияссар болдым. Тәлим алып атырған дәргайымныӊ тарийхында усылайынша, биринши стипендия жеӊимпазы сыпатында атымды жазып қалдырыў мен ушын үлкен бахыт. Әлбетте бунда илимий басшым Қуралбай Атаназаров ҳәмде филиалдағы оқытыўшыларымыздыӊ мийнети, қоллап-қуўатлаўлары айрықша әҳмийетке ийе болды. Алдымызға қойған мақсетлерге ерисиў ушын белгили жолды басып өтиўимиз ҳәм тынбай ҳәрекет қылыўымыз керек болады. Мен де 1-курстан баслап стипендия жеӊимпазлығына мүнәсип болыў ушын тырыстым. Бүгинги күнге шекем илимий басшым менен биргеликте алып барған жумысларым нәтийжесинде республика көлеминде 3 илимий мақалам жарық көрди. «Ветеринария медицинасы ҳәм шарўашылықта заманагөй жетискенликлер ҳәм инновациялар» атамасындағы Республикалық илимий ҳәм илимий-техникалық концеренциясында белсене қатнастым. Соныӊ менен бирге филиалда шөлкемлестирилип киятырған ҳәр түрли руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм таӊлаўларда белсене қатнасып, мүнәсип орынларды ийелеп келмектемен. Ҳәзирги күнде илимий жумыслар алып бармақтаман. Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеӊимпазы болғанымды еӊ биринши анама айтып, шексиз қуўанышымды ата-анам менен бөлистим. Мениӊ бул табысым биринши нәўбетте, барқулла мениӊ тилегимди тилеп отырған усы инсанлардыӊ арқасында деп ойламан. Қалаберсе, бундай унамлы нәтийжеге ерисиўимниӊ тийкарында филиалымызда биз студент-жаслар ушын жаратылған шәрт-шараятлар ҳәм устазларымыздыӊ берген билимлери ҳәм үгит-нәсиятлары үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтким келеди. Бириншилер қатарында филиал директоры Адилбай Есимбетов бул жаӊалықтан шадлыққа бөленип, студентлер қатнасыўында жеке өзи мени қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди ҳәм алғыснама менен сыйлықлады. Ол өз сөзинде: “Киши болсын, үлкен болсын–ҳәр бир студенттиӊ ерискен нәтийжелери мени жүдә қуўанышқа бөлейди. Бүгин болса А.Досекееваныӊ Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясы менен сыйлықланғанлығы пүткил филиал жәмәәти ушын әжайип жаӊалық болды. Биринши стипендия жеӊимпазын қызғын түрде қутлықлайман! Усы күнди интизарлық пенен күткен едим. Кейинги ўақытларда да белсене ҳәм билимдан студентлеримиздиӊ қатары және де кеӊейип барыўына исеним билдиремиз!–деп атап өтти. Әлбетте, бундай хошаметлеў мени және де толқынландырды. Мениӊ бир уғынғаным биринши болыў машақатлы ҳәм жағымлы екен. Усы жоқары оқыў орныныӊ студенти екенлигим менен және бир мәрте шексиз мақтанышқа бөлендим. Маған билдирилген үлкен исенимди ақлаў ҳәм алдыма қойған уллы мақсетлерге ерисиў ушын тынымсыз ҳәрекетте боламан. Мәмлекетлик стипендияныӊ жеӊимпазы болғаным — бәлент пәрўазымныӊ басланыўы деп ойлайман. Дәслепки адым ҳәмийше әҳмийетли саналады. Устазларымныӊ қоллап-қуўатлаўы ҳәм жәрдеми, өзимниӊ күшли умтылыўым менен гөзлеген мәнзилиме жетип барыўға исенимим кәмил.
Ақсунгул Досекеева
Зооинженерия (балықшылық) қәнигелигиниӊ
3-курс студенти
скачать dle 12.1