Филиал директоры стипендия жеӊимпазын алғыснама менен сыйлықлады
Күни кеше мәмлекетлик стипендия жеӊимпазлары жәрияланды. 383 бахытлы студентлер арасында филиалдыӊ 3-курс студенти Ақсунгул Досекееваныӊ да бар екенлиги биз ушын шын мәнисинде жаӊалық болды. Зооинженерия (балықшылық) қәнигелигиниӊ 3-курс студенти Досекеева Ақсунгул Есмагамбет қызы Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеӊимпазы болды. Бүгин мәжлислер залында усы мунәсибет пенен филиал директоры Адилбай Есимбетов студент-жаслар қатнасыўында стипендия жеӊимпазын шын кеўилден қутлықлап, алғыснама менен сыйлықлады. “Киши болсын, үлкен болсын–ҳәр бир студенттиӊ ерискен нәтийжелери мени жүдә қуўанышқа бөлейди. Бүгин болса А.Досекееваныӊ Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясы менен сыйлықланғанлығы пүткил филиал жәмәәти ушын әжайип жаӊалық болды. Биринши стипендия жеӊимпазын қызғын түрде қутлықлайман! Усы күнди интизарлық пенен күткен едим. Кейинги ўақытларда да белсене ҳәм билимдан студентлеримиздиӊ қатары және де кеӊейип барыўына исеним билдиремиз!–дейди өз сөзинде филиал директоры Адилбай Есимбетов.
Стипендия жеӊимпазы болыўға мияссар болған А.Досекеева барлық филиал студентлерине үлги болса әжеп емес. Қәлбимиздеги еӊ жақсы тилеклер менен стипендия жеӊимпазына кейинги оқыўларында табыслар тилеген ҳалда, буннан былайда үлкен табысларға бөленип жүриўине исеним билдирип қаламыз.
скачать dle 12.1