Филиал студенти стипендия жеӊимпазы болды!
Хошхабар!
Республика жоқары оқыў орынларыныӊ бакалавриат тәлим бағдарында билим алып атырған 383 бахытлы студентлер дизими жәрияланды. Қуўанышлысы, олар арасында филиалдыӊ студенти де бар.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Зооинженерия (балықшылық) қәнигелигиниӊ 3-курс студенти Досекеева Ақсунгул Есмагамбет қызы Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеӊимпазы болды.
Мағлыўмат ушын, А.Досекеева филиалда биринши мәрте стипендия жеӊимпазы болған студент болып есапланады. Сол тәрепи менен де бул биз ушын унамлы жаӊалық болды. Әлбетте студентимиздиӊ бул жетискенлигин еки есе қуўаныш пенен қарсы алдық. Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиясыныӊ жеӊимпазын қызғын түрде қутлықлаймыз! Келешекте және де ғайрат пенен еӊ уллы мақсетлериӊизге қарай батыл қәдемлер менен барыўыӊызды тилеп қаламыз! Стипендия жеӊимпазы сыпатында филиал тарийхыныӊ биринши бетлерин безеп бергениӊиз ушын айрықша миннетдаршылық билдиремиз!
Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1