SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Дыққат әҳмийетли !!! » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
Дыққат әҳмийетли !!!
Республика арнаўлы комиссиясы тәрепинен кейинги күнлерде елимизде коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайы кемейип атырғанлығы жүзесинен қарар қабыл қылынды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлим етти. (https://t.me/ssvmatbuotkotibi/7893) Оған бола, 2022-жыл 7-февральдан баслап жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, академиялық лицейлер ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлеринде оқыў процесслери дәстүрий түрде даўам етеди. Бунда барлық билимлендириў шөлкемлеринде нықап тағыў, социаллық аралықты сақлаў, жеке гигиена қағыйдаларына қатаң түрде бойсыныў ҳәм антисептик қуралларынан турақлы пайдаланыў талап етиледи. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниӊ мәлим етиўинше, авиа ҳәмде темир жол билетлериниӊ тариф бөлегинен 50 % муғдарында шегирмелери сақлап қалынады ҳәм 2022-жыл 7-февральға дейин авиа ҳәм темир жол билетлери бийпул тәризде басқа мүддетке алмастырып бериледи. Ҳеш бир студент ҳәм оқыўшы билетсиз қалмайды! Жоқарыдағы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде Министрликте Арнаўлы штаб шөлкемлестирилген болып, 3-февраль сәнесинен баслап усы мәселелер бойынша төмендеги 71-230 -64-64 Call-center ҳәм 10-06 исеним телефонларына мүрәжат етиўиӊиз мүмкин.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1