Нәшебентлик затлардыӊ тарқалыўыныӊ алдын алыў темасында онлайн илаж болды
Усы жылдыӊ 2-февраль күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары, топар тьюторлары ҳәмде студент-жаслары қатнасыўында «Жаслар арасында нәшебентлик затлардыӊ тарқалыўыныӊ алдын алыўға қаратылған ис-илажлар» темасы шеӊберинде Zoom платформасы арқалы онлайн илаж шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жынаят қыдырыў бөлими бас басқармасы хызметкери, подполковник Ф.Азгаров, Қарақалпақстан Республикасы АИЖС на қарсы гүресиў орайы шыпакери Г.Гаипова, Қарақалпақстан Республикасы наркология орайы нарколог-шыпакер Д.Қурбанова, Нөкис қаласындағы «Имам Ийшан Муҳаммед» жәмәәтлик мешити имам орынбасары А.Жолаўшиевлар қатнасты.
Онлайн илажды оқыў ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берди ҳәм алып барды. Илаж даўамында қәнигелер тәрепинен дәслеп мәмлекетимизде жаслар арасында нәшебентликтиӊ алдын алыў ҳаққында әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында сөз жүритилди. Сондай-ақ, нәшебентлик затлардыӊ инсан саламатлығына зыян жеткизиўи ҳаққында айрықша тоқталып өтилди.
Келешегимиз ийелери болған жаслар әсир обасы болған бул иллетке ғәрезли болып қалмаўы, тереӊ билимлерди өзлестирип жетик қәниге болыўға умтылыўы айрықша атап өтилди. Бир қатар статистикалық мағлыўматлар келтирилди. Шыпакерлер болса нәшебентлик затлардыӊ зыяны туўралы анық фактлерди айтып берди. Филиал студент-жаслары онлайн илаж даўамында тема бойынша кеӊ түсиниклерге ҳәм керекли мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1