Әлишер Наўайы туўылғанының 581 жыллығы мүнәсибети менен онлайн таӊлаўлар
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-жаслары арасында ғәзел мүлкиниң султаны Әлишер Наўайы туўылғанының 581 жыллығы мүнәсибети менен төмендеги онлайн таӊлаўларды жәриялайды:
1. “Наўайы ғәзеллери” сүрени астында аудиолар таӊлаўы. Шәртлери: Уллы шайыр Әлишер Наўайыныӊ дөретиўшилигинен өзлери жақсы көрип оқыған шығармасы яки ғәзелинен тәсирли етип оқып, аудио көринисинде @samvminf_pressa_bot мәнзилине жибериўи керек болады. Аудиоматериалларды төмендеги талаплар тийкарында қабыл қыламыз:
Ўақты 5 минуттан көп болмаўы қосық, шығарма ямаса ғәзел анық ҳәм мазмунлы етип оқылыўы керек. Тийкарынан тәсирли қылып оқылғанлығы, ҳаўаздыӊ жағымлы екенлиги, тыӊлаўшыларға анық етип жеткерип бере алғанлығы инабатқа алынады. Қатнасыўшылар фон ушын музыкалардан пайдаланғанында шығармаға сәйкес түсиўи ҳәм бәлент болмаўына итибарлы болыўы керек. Аудиоматериаллар бүгиннен баслап, яғный 1 февралдан 7 февральға шекем жоқарыда көрсетилген мәнзил арқалы қабыл қылынады. Жеӊимпаз болған студентлер диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.
2. “Уллы шайырдыӊ дөретиўшилигине бир нәзер” темасында шығармалар таӊлаўы. Бунда қатнасыўышлар Әлишер Наўайыныӊ дөретиўшилиги бойынша өзлериниӊ жеке пикирлерин баян етиўи керек болады. Қатнасыўшы шайырдыӊ дөретиўшилигин улыўма анализ қылыўы ямаса оныӊ қәлемине тийисли шығарманыӊ (қосық, ғәзел) өзинде қалдырған тәсири туўралы толық түрде баян етип бериўи мүмкин. Шығармалар электрон вариантта, Times New Roman шрифтинде, 14-өлшемде, 5 интервалда, кеминде 4 бет көлеминде @samvminf_pressa_bot мәнзилине тапсырылыўы керек. Шығармалар қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде қабыл қылынады. Көшириў қадаған етиледи. Автордыӊ жеке пикири айқын сезилип турыўы керек. Қатнасыўшылар дыққатына, интернеттен көширип жүрмеӊ! Жеӊимпаз болған студентлерге диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылады. Шығармалар 1 февралдан 7 февральға шекем қабыл қылынады.
3 “Ғәзел мүлкиниӊ султаны” сүрени астында видеороликлар таӊлаўы. Шәртлери: Таӊлаўға қатнасыў тилегин билдириўши студентлер Әлишер Наўайыныӊ қәлемине тийисли өзи сүйген ғәзели, қосығы, шығармасынан тәсирли, оброзға кирген ҳалда үзинди айтып бериўи керек. Видео ўақты 6 минуттан көп болмаўы керек. Бунда қатнасыўшылар дикциясы, көриниси, таӊлаған фоны ҳәм бай фантазиясын иске салғанлығы инабатқа алынады. Қатнасыўшылар фон музыкаларынан пайдаланыўлары мүмкин. Видеороликлар бүгин, яғный 1 февралдан 8 февральға шекем @samvminf_pressa_bot мәнзили арқалы қабыл қылынады. Жеӊимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады. Еслетпе, видеороликларды 8 февраль саат 18:00 ге шекем қабыл қыламыз.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1