Милан университетиниӊ профессоры филиал студентлерине онлайн лекция өтти
Бәршемизге белгили ҳәзирги ўақытта Республикамыздағы жоқары оқыў орынларында онлайн оқыў жолға қойылған. Филиал студент-жасларына онлайн сабақларды сапалы түрде шөлкемлестириў ҳәм олардыӊ билимлерин қосымша тәризде беккемлеп барыў мақсетинде сырт ел ЖООларыныӊ профессор-оқытыўшылары қатнасыўында онлайн лекцияларды шөлкемлестирип барыўға ҳәрекет қылынып атыр. Усы орында Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниӊ “Билимлендириў тараўын раўажландырыў бөлими” баслығы Алишер Сафаровтыӊ басламасы менен филиал студентлери ушын Италия мәмлекетиниӊ абыройлы жоқары оқыў орынларынан бири Милан университетиниӊ профессоры Др. Маттео Гуидотти тәрепинен онлайн лекция шөлкемлестирилди. Zoom платформасы арқалы болып өткен бул лекцияға филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм 100 ге жақын студент-жаслар қатнасты. Бул онлайн лекцияны А.Сафаров ашып берди ҳәм алып барды. Буннан кейин Маттео Гуидотти “Химиялық ҳәм биологиялық шығындыларды басқарыў ҳәм қадағалаў” темасы бойынша студентлерге кеӊ түрде түсиник берди. Бүгинги күнде қоршаған орталықтыӊ ҳәр түрли шығындылар менен патасланыўы дүнья жүзи бойынша актуал экологиялық машқалалардыӊ бири болып есапланады. Жанлы сәўбетлесиў даўамында профессор тәрепинен қатнасыўшыларға химиялық ҳәм биологиялық шығындыларды қадағалаў, шығындыларды қайта ислеў, әпиўайы күнделикли турмысымызда өнимлерден пайдаланғанда дыққатлы болыў керек екенлиги, жыллар даўамында топланып баратуғын шығындылар өмиримиз ушын қәўип туўдырыўы мүмкин екенлиги ҳаққында кеӊ түрде түсиник берип өтилди. Соныӊ менен бирге статистикалық мағлыўматлар тийкарында биз жасап атырған планетамызда жылына шама менен қанша шығынды пайда болып атырғанлығы ҳәмде шығындылардыӊ тарийхы туўралы мағлыўматлар берилди. Онлайн лекция мазмунлы тәризде болып өтти. Филиал студент-жаслары актуал тема бойынша керекли мағлыўматларға ийе болыўы менен бирге өзлерин қызықтырған сораўларға толық түрде жуўап алды.
скачать dle 12.1