Аралықтан оқытыў бойынша Call center хызмети жолға қойылды
Ҳүрметли студентлер ҳәм олардың ата-аналары дыққатына!
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында аралықтан оқытыў бойынша Call center хызмети жолға қойылғанлығын мәлим етемиз.
Егер сизде онлайн сабақ процесслеринде Moodle электрон билимлендириў платформасынан пайдаланыўда техникалық жақтан үзилислер ҳәм басқа қандайда бир машқалалар жүзеге келсе көрсетилген +998 61 222-74-80 номери арқалы Call center менен байланысып, сораўларыңызға жуўап алыўыңыз мүмкин.
Еслетип өтемиз, Call center диң жумыс ўақты саат 09:00 ден 18:00 ге шекем етип белгиленген.
Соның менен бирге қосымша түрде филиалымыздың рәсмий каналындағы @samvminf_pressa_bot телеграм-ботына аралықтан оқытыў бойынша жүзеге келип атырған машқалалар бойынша тикеллей мүрәжат қылыўыңыз мүмкин. Биз сизге имканият шеңберинде қанаатландыратуғын жуўапларды берип барыўға ҳәрекет қыламыз!

Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1