Онлайн таңлаўлар: Жуўмақ ҳәм анализ
Бәршеңизге белгили жоқары оқыў орынларының студентлери ушын 2022-жыл 24-январь сәнесине шекем қысқы дем алыс мүддети деп белгиленген еди. Бул мүддет даўамында филиал студентлериниң бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими ҳәмде филиал баспасөз хызмети тәрепинен ҳәр түрли қызықлы онлайн таңлаўлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Бунда студентлердиң белсене түрде қатнасқанлығын айрықша атап өтиўимиз орынлы болады. Демек, 10-январьдан 24-январь сәнесине шекем өткерилген онлайн таңлаўларды қысқаша анализ қылыў менен бирге әлбетте жуўмақлаўшы нәтийжелерге де тоқталып өтемиз.
14-январь–Ўатан қорғаўшылары күни байрамы мүнәсибети менен “Мәртлер қорғайды Ўатанды!” сүрени астында өткерилген онлайн видеороликлер таңлаўына жәми 40 қа жақын видеоролик келип түскен болса, соннан, 3 видеоролик жеңимпаз деп табылды. Бул таңлаўда жеңимпаз болған студентлер: Шахида Қарлыбаева—Биринши орын ийеси, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 201-топар студенти. Жазира Утеова—екинши орын, Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 2-курс 214-топар студенти. Сурайё Рўзимова—үшинши орын, Зооинженерия (түрлер бойынша) қәнигелиги 1-курс 112-топар студенти.
Нәўбеттеги таңлаў “Ўатансүйиўшиликти мен қалай түсинемен?” темасында өткерилген оналйн шығармлар таңлаўына дөретиўши студентлеримиз тәрепинен 20 ға жақын шығарма келип түскен болса, соннан, ең жақсы 3 шығарма таңлап алынды. Жеңимпаз болған авторлар: 1-орын—Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 205-топар студенти Гулмира Жолданова. 2-орын Зооинженерия (түрлер бойынша) 1-курс 111-топар студенти Ирода Турсунбоева. 3-орын болса Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 200-топар студенти Наргиза Жолдасбаева.
Сондай-ақ, филиал студентлериниң китапқумарлық мәдениятын және де арттырыў мақсетинде «Мен сүйип оқыған шығарма» онлайн таңлаўы өткерилди. Китапқумар студентлеримиз тәрепинен 30 дан аслам видео ҳәм аудио материаллар келип түскен болса, солардың ишинен ең жақсы 3 видеоролик таңлап алынды ҳәм жеңимпаз деп табылды. Демек, жеңимпазлықты қолға киргизген студентлер:Венера Жолдасбаева—1-орын ийеси, Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 2-курс211-топар студенти. Мехрибан Наўрызбекова—2-орын ийеси, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 201-топар студенти. Ғайратдин Өмирзақов—3-орын ийеси, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 202-топар студенти. Мухаббат Наржанова—Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 2-курс студенти.
Студент-қызларымыз арасында 5 әҳмийетли баслама шеңберинде өткерилген “Ең шебер қыз” ҳәм “Ең пәзенде қыз” таңлаўларына болса жәми 30 ға шамалас видеоролик келип түсти ҳәм олар арасынан ең жақсылары жеңимпазлыққа мүнәсип деп табылды.
Ең шебер қызлар:1-орын—Орақбаева Ҳурлиман Зооинженерия (палҳәррешилик) қәнигелиги 2-курс 213-топар студенти. 2-орын—Лаура Яқыпбаева Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 3-курс студенти. 3-орын—Жания Усманова 1-курс 111-топар студенти.
Ең пәзенде қызлар: 1-орын—Жазира Утеова Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 2-курс 214-топар студенти. 2-орын—Гөззал Базарбаева Ветеринария медицинасы қәнигелиги 202-топар студенти. 3-орын—Улжан Нуратдинова Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 1-курс 113-топар студенти.
Соны айрықша атап өтиў керек, биз жеңимпазларды анықлаўда ҳәр тәреплеме профессионал жантасыўға, қатнасыўшылардың қәбилети, умтылыўы, дикциясы, өзин тутыўы, оброзға кириўи, теманың ашып берилиўи, улыўмаластырып айтқанда майда деталларға дейин инабатқа алдық ҳәм қалыс тәризде баҳаладық. Усы орында онлайн таңлаўларда белсене түрде қатнасқан ҳәр бир студентке миннетдаршылық билдиремиз. Өзлерине берилген бундай имканияттан унамлы пайдаланып, өз қәбилетлерин жүзеге шығарғанлығы ҳәм ҳәрекет қылып, умтылғанлығы бизлер ушын утымлы нәтийже есапланады. Ең әҳмийетлиси студент-жаслардың қысқы дем алыс дәўириндеги бос ўақытлары заўықлы тәризде өтти ҳәм олардың зеригиўге ҳасла ўақты болмады деп ойлаймыз. Барлық жеңимпаз болған студентлерге дипломлар онлайн (электрон нусқада) тәризде тапсырылды. Ўәде етилген баҳалы саўғалар болса, дәстүрий оқыў басланғанында өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылады. Әзиз студентлер, ҳәр дайым мине усындай белсене ҳәм ҳәрекетшең болың! Умытпаң, мақсетлерге тек ғана күшли қәлеў менен ғана ерисип болмайды. Бизиң тоқтаўсыз ҳәрекетимиз анық нәтийжелерди қолға киргизиўимизде үлкен күш болады. Солай екен ҳеш қашан ҳәрекет қылыўдан ҳәм мақсетлериңизге қарай умтылыўдан тоқтамаң!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1