Красноярск мәмлекетлик аграр университети тәрепинен оқытыўшылар ушын онлайн курслар шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы бүгинги күнге шекем шерикликте кадрлар таярлаў ҳәмде профессор-оқытыўшылардың тәжирийбесин арттырыў, илимий-изертлеў жумысларын алып барыў мақсетинде бир қатар сырт ел жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў шәртнамаларын имзалап, өз ара байланысларды әмелге асырып келмекте. Атап айтқанда, Красноярск мәмлекетлик аграр университети менен дүзилген шәртнама тийкарында филиалымыздың «Ветеринария» кафедрасының профессор-оқытыўшыларына “Ветеринария пәнин оқытыўдың заманагөй методлары” атамасындағы маманлығын арттырыў курслары шөлкемлестирилди. Бул онлайн курслар кафедра баслығы Ш.Авезимбетов басламасы менен, Халықаралық байланыслар бөлими баслығы Т.Ибраимов тәрепинен шөлкемлестирилмекте. Сондай-ақ, филиал оқытыўшылары ушын онлайн курслардың жолға қойылыўында Красноярск мәмлекетлик аграр университетиниң Халықаралық байланыслар ҳәм бизнести раўажландырыў бөлими баслығы Юлия Анатолиевна Оленцованың хызмети үлкен екенлигин айрықша атап өтиўимиз орынлы болады. 1 ай даўамында онлайн тәризде шөлкемлестирилип барылатуғын сабақлар даўамында кафедра оқытыўшыларының қәнигелиги бойынша билим ҳәмде көнликпелери және де беккемлениўи менен бирге маманлығы артып барады. Онлайн курслар даўамында усы жоқары оқыў орнының тәжирийбели қәнигелери тәрепинен зәрүр билим ҳәм көнликпелер берип барыўы режелестирилген. Әлбетте, «Ветеринария» кафедрасының профессор-оқытыўшылары өзлерине инәм етилген бундай жақсы имканияттан үнемли пайдаланыўға ҳәрекет қылады. Филиалымыздың сырт ел жоқары оқыў орынлары менен усы сыяқлы шериклик байланыслары әлбетте өзиниң унамлы нәтийжесин берип барыўына үмит етемиз.
скачать dle 12.1