SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер ушын Zoom платформасы арқалы онлайн сабақлар шөлкемлестирилмекте » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Алдын хабар бергенимиздей, филиалда усы жылдың 24-январь сәнесинен баслап аралықтан оқытыў жолға қойылды. Филиал профессор-оқытыўшылары тәрепинен онлайн сабақларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе студентлер менен көбирек жанлы тәризде сәўбетлесиў алып барыў ушын сабақлар Zoom платформасы арқалы өтилип атыр. Атап айтқанда, “Зоогигиена ҳәм ветеринария санитариясы”пәнинен Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 200-топар студентлери ушын «Зооинженерия» кафедрасы ассистенти Г.Аманова тәрепинен Zoom платформасы арқалы сабақ өтилди. Усы сабақ процесслерине филиал директоры Адилбай Есимбетов қатнасып, сабақ барысын онлайн тәризде бақлап барды. Ол өз сөзинде филиалда билим алып атырған студентлерге ҳәр қандай шараятта да сапалы билим бериў тийкарғы ўазыйпамыз екенлигин атап өтти. Онлайн сабақ даўамында топар студентлери толық түрде қатнасты. Оқытыўшы тәрепинен оларға тема бойынша толық түсиниклер берилди. Бир ай мүддет даўамында жоқары оқыў орынларында билимлендириў системасы аралықтан оқытыў түринде алып барылыўы мүнәсибети менен филиалда оқыў процесслери онлайн тәризде шөлкемлестириледи. Бунда әлбетте профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен биринши нәўбетте билим бериўдиң жақсы сапасын тәмийинлеў мақсетинде барлық илажлар әмелге асырылады. Студент-жаслар менен жанлы тәризде сәўбетлесиўди алып барыў мақсетинде Zoom платформасы арқалы сабақларды шөлкемлестирип барыў турақлы түрде жолға қойып барылады. Ең әҳмийетлиси болажақ қәнигелер онлайн сабақларға белсене қатнасып, берилген тапсырмаларды өз ўақтында орынлап барыўлары керек.