Ең пәзенде қызларға кимлер мүнәсип деп табылды
Умтылыўшаң ҳәм қәбилетли, пәзенде ҳәм шебер студент-қызларымыз арасында өткерилген “Ең пәзенде қыз” онлайн таңлаўына филиал студентлери белсене қатнасты ҳәм олар тәрепинен бир биринен әжайип видеороликлер келип түсти. Демек, бул таңлаў жуўмағы бойыншада ең сайланды қатнасыўшыларды белгилеп алдық ҳәм төменде олар менен таныстырып өтемиз:
Биринши орын Зооинженерия (балықшылық) қәнигелиги 2-курс 214-топар студенти Жазира Утеова.
Екинши орын Ветеринария медицинасы қәнигелиги 202-топар студенти Гөззал Базарбаева.
Үшинши орын Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 1-курс студенти Улжан Нуратдинова.
Пәзенде қызларымызға диплом (электрон нусқада) тапсырылды ҳәм дәстүрий оқыў басланғанында әлбетте баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Усы таңлаўда 2-курс 207-топар студенти Умитгул Таубаева ҳәмде Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелиги 3-курс студенти Юлдузхан Худияровалар қатнасыўшылар ишинде айрықша белсендилиги менен ажыралып турғанлығын айтып өтемиз. “Ең пәзенде қыз” онлайн таңлаўында қатнасқан ҳәм ҳәрекет қылған студент-қызларға миннетдаршылық билдирип қаламыз.



Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1