SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIПрофессор-оқытыўшылар ҳәмде студентлер дыққатына! » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Бүгин яғный – 24-январь сәнесинен баслап, филиалда билим алып атырған студентлер ушын оқыў процесслери онлайн тәризде шөлкемлестириледи. Аралықтан оқытыўға өтиў процессинде билимсапасын тәмийинлеў мақсетинде филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм тийисли жуўапкерлер тәрепинен барлық зәрүр ис-илажлар әмелге асырылды. Бунда студентлер филиалдың рәсмий веб-сайтында жаратылған Moodle электрон билимлендириў платформасынан пайдаланыўлары мүмкин. Аралықтан оқытыў системасына усы силтеме .http://filial.otmsamvmi.uz/ арқалы өтиўиңиз мүмкин. Ҳүрметли студентлер, сизлерден онлайн тәлим процесслеринде белсене қатнасып, оқытыўшыларыңыз тәрепинен берилген тапсырмаларды орынлаўыңыз ҳәм онлайн сабақларға немқурайлық пенен қарамаўыңыз соралады! Өз нәўбетинде профессор-оқытыўшылардың да бул процесслерге үлкен жуўапкершилик пенен жантасыўы керек екенлигин айрықша атап өтемиз. Топар тьюторларынан болса студентлердиң онлайн сабақларға белсене қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм қадағалаўға алыўы соралады. Тийкарғы мақсетимиз ҳәр қандай шараятта да студент-жасларға сапалы билим бериў. Сол себепли филиалда аралықтан оқытыўды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Ҳүрметли студентлер егер сизде Moodle электрон билимлендириў платформасынан пайдаланыўда қандайда бир машқалалар, техникалық насазлық ҳәм үзилислер жүзеге келсе (жасап турған мәнзилиңиздеги интернет байланысының насазылғы буған кирмейди) филиал баспасөз хаткери яки рәсмий телеграм каналымыздағы @samvminf_pressa_bot Telegram-ботына биймәлел мүрәжат қылыўыңыз мүмкин. Онлайн билим алыўға белсене катнасың!