SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI«Мен сүйип оқыған шығарма» онлайн таңлаўының жеңимпазлары анықланды! » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
«Мен сүйип оқыған шығарма» онлайн таңлаўының жеңимпазлары анықланды!
Тәбийий, китап оқыўды жақсы көретуғын ҳәр қандай инсанның қәлбине жақын, кеўилинен айрықша орын алған бир шығармасы болады. Өзимиз қәстерлеп сақлап қойған китабымызға ҳәр сапары көзимиз түскенинде жүрегимиз ентигип қояды. Студент-жаслар арасында «Мен сүйип оқыған шығарма» онлайн таңлаўын өткериўден тийкарғы гөзленген мақсет-олардың сүйикли романлары ҳаққындағы пикирлери менен жақыннан танысыў, яғный олар бир-бирине, досларына өзи жақсы көрген китаптан алған тәсирлерин бөлисиўи ҳәм оқыў ушын усыныс етиўи ушын имканият жаратыў еди. Мине енди таңлаў нәтийжелерин жәриялаў пурсаты келди! Демек, биздеги жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола, төмендеги студентлер жеңимпаз болды: 1-орын– Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 2-курс 211-топар студенти Венера Жолдасбаева. 2-орын– Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 201-топар студенти Мехрибан Наўрызбекова. 3-орын–Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 202-топар студенти Ғайратдин Өмирзақов ҳәмде Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория ислери қәнигелигиниң 2-курс студенти Мухаббат Наржанова. Биз бул сапары дәстүрден бираз шегинген ҳалда үшинши орынға 2 талабанды сайлап алыўды мақул деп билдик. Әлбетте бунда олардың умтылыўы ҳәм ҳәрекетлерин инабатқа алдық. Түсиндириў: Бул таңлаўдың шәрти бойынша қатнасыўшылар өзи оқыған шығарма ҳаққындағы тәсирлерин өз пикирлери менен баян етиўи соралған еди. Бирақ, дерлик көпшилик қатнасыўшылар роман емес китаптың авторына тәрийп берген. Бул таңлаў атамасы "Мениң сүйикли жазыўшым" емес «Мен сүйип оқыған шығарма». Биз жеңимпазлыққа мүнәсип деп тапқан студентлер белгили дәрежеде усы талапқа жуўап бере алған. Усы орында ҳәр бир қатнасыўшыға қылған ҳәрекети ушын миннетдаршылық билдиремиз. 4 жеңимпазымыз болса онлайн тәризде диплом менен (электрон нусқасы) сыйлықланды. Студентлерге белгиленген мүддеттен соң оффлайн оқыў басланғанында әлбетте оларға баҳалы саўғалар тапсырылады.