Жоқары оқыў орынларында қысқы дем алыстан кейинги оқыў онлайн тәризде болыўы ҳаққында
Қосымша мағлыўмат
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги төмендегише мәлим етеди:
"Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Санитария -эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлықты сақлаў орайының усынысына тийкарланып, коронавирус инфекциясының жаңа штаммы балалар ҳәм жаслар ортасында тарқалыўы көбейип баратырғалығы ушын барлық жоқары (мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, жеке ҳәм сырт ел филиаллары) ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, академиялық лицейлерде (барлық билимлендириў түрлери бойынша) усы жылдың 24-январь сәнесинен баслап бир ай мүддет даўамында билим алыў системасы аралықтан (онлайн) тәризде алып барылады. Бунда тәжирийбеден келип шыққан ҳалда онлайн билимлендириў процесси сапалы тәризде шөлкемлестирилип, барлық зәрүр ис-илажлар әмелге асырылады.
Темир жол билетлерине 50 пайыз муғдарында жеңиллик сақлап қалынады ҳәм 2022-жылы 24-февраль сәнесине дейин авиа ҳәм темир жол билетлери бийпул тәризде басқа ўақытқа алмастырып бериледи.
Усы мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде Арнаўлы штаб шөлкемлестирилген болып, 21-январь күни, саат 9:30 дан барлық мәселелер бойынша төмендеги исеним телефонларына (10-06, 71-246 -97-45, 71-246 -28-63) қоңыраў етип, мүрәжат етиўиңиз мүмкин!
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1