Инглиз тили пәнинен өткерилген онлайн олимпиаданың нәтийжелери
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында тәлим алып атырған билимдан ҳәм зийрек студент-жаслар арасында онлайн олимпиадалар өткерилиўи даўам етип атыр.
Усы жылдың 19-январь күни филиал студент-жаслары арасында инглиз тили пәнинен өткерилген онлайн пән олимпиадасында жеңимпаз болған студентлер менен таныстырамыз:
Биринши орын— Ветеринария медицинасы қәнигелиги 3-курс студенти Юлдуз Жақсымуратова 9.60 балл менен.
Екинши орын — Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 202-топар студенти Айман Шарапова 9.00 балл менен.
Үшинши орын — Ветеринария медицинасы қәнигелиги 3-курс студенти Жалол Кушматов тап усындай 9.00 бал менен (ўақыт парқы бар).
Мағлыўмат ушын, бул онлайн пән олимпиадасына жәми 100 ге жақын студент-жаслар қатнасты.

Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1