SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI«Зооинженерия» кафедрасы вебинарда қатнасты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Усы жылдың 14-январь сәнесинде Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының «Зооинженерия» кафедрасы баслығы А.Торешова ҳәмде усы кафедраның оқытыўшылары Zoom платформасы арқалы онлайн тәризде өткерилген вебинарда қатнасты. Бул вебинарды Қаракөлшилик ҳəм шөл экологиясы илимий изертлеў институты илимий искерлик ҳəм инновация бойынша директор орынбасары Асрор Хатамов басқарып барды. Сондай-ақ өз қызығыўшылығын билдирген филиалда билим алып атырған 30 ға шамалас студент-жасларда белсене түрде қатнасты. Онлайн сәўбетлесиў даўамында Қаракөлшилик ҳəм шөл экологияси илимий изертлеў институтының искерлиги ҳаққында, қаракөлшилик тараўының халық хожалығындағы әҳмийети ҳәм қаракөлшилик өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм олардың түрлерин көбейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша сөз етилди. Филиал студентлери белсене қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўапларды алды. Өз гезегинде А.Торешова да пикирлерин билдирип өтти. Усы тақыллетте вебинар қызықлы ҳәм мазмунлы болып өтти.