Профессор-оқытыўшылар ушын семинар-тренинглер өткерилмекте
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ушын усы жылдыӊ 10-январь сәнесинен баслап семинар-тренинглер өткерилмекте. Бул семинарды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров алып барды. Дәслеп қысқы дем алыс мүддети дәўиринде филиалда оқыў процесси, онлайн пән олимпиадалары ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириў бойынша сөз жүритилди. Профессор-оқытыўшылар қатнасыўында шөлкемлестирилген семинар даўамында кредит-модуль системасы тийкарында билим бериў процесслерин шөлкемлестириў, "Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў—HEMIS" мәлимлеме системасынан нәтийжели пайдаланыў темаларында толық түсиниклер берип өтилди. Сондай-ақ, академиялық ҳәм қаржылай ғәрезсизликтиӊ имканиятлары ҳаққында пикир жүритилди. Сондай-ақ, семинар-тренингде додаланған темалар шеӊберинде “Табийий ҳәм гуманитар пәнлер” кафедрасыныӊ ассистент-оқытыўшысы Қ.Юлдашев қатнасыўшыларға түсиниклерди берди. Филиалда билим алып атырған студентлерге жетик билим бериў, билимлендириўдиӊ сапасын және де арттырыў, профессор-оқытыўшылардыӊ кәсиплик шеберлигин арттырыў мақсетинде усы сыяқлы әмелий семинар-тренинглер 24-январь сәнесине шекем шөлкемлестирилип барылады.
скачать dle 12.1