Дыққат! Әҳмийетли хабар!
Ҳүрметли профессор-оқытыўшылар, ата-аналар ҳәм қәдирли студент-оқыўшылар дыққатына!
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, академиялық лицей студент-оқыўшылары ушын қысқы дем алыс мүддети 2022-жыл 24-январь сәнесине шекем узайтылғанын мәлим етти.
Сондай-ақ, студент-оқыўшыларға өз үйлеринен билимлендириў мәкемелерине қайтыўы ушын қолай шараят жаратыў мақсетинде авиа ҳәмде темир жол билетлери тариф бөлегинен 50 % муғдарында шегирме берилиў мүддети де 2022-жылдың 24- январь күнине шекем узайтырылды.
Ең тийкарғысы – 2022-жылдың 11 январына шекем болған мүддетте алынған авиа ҳәм темир жол билетлери бийпул тәризде тийисли мүддетке алмастырып бериледи.
Бул мәселелерди муўапықластырыў мақсетинде Министрликте Арнаўлы штаб шөлкемлестирилген болып, төмендеги исеним телефонларына (10-06, 71-246-97-45, 71-246-28-63) мүрәжат қылыўыңыз мүмкин!
Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1