Профессор-оқытыўшылар ҳәм исши-хызметкерлер арасында спорт жарысы өткерилди
Бүгин Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында кирип келген Жаӊа 2022-жыл мүнәсибети менен филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм исши-хызметкерлер арасында спорттыӊ волейбол, мини футбол ҳәмде шахмат-шашка түрлери бойынша филиал бириншилиги өткерилди. Буннан көзленген тийкарғы мақсет олар арасында саламат турмыс тәризин кеӊ ен жайдырыў, ғалабалық спортты және де раўажландырыў ҳәмде бос ўақытларын мазмунлы өткериўден ибарат. Филиал директоры Адилбай Есимбетов жарысты ашып берди ҳәм қатнасып атырған барлық командаларға әўмет тиледи.


Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими ҳәмде Кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген бул жарысқа “Зооинженерия” “Ветеринария” ҳәмде “Табийий ҳәм гуманитар пәнлер” кафедрасыныӊ профессор-оқытыўшылары, исши-хызметкерлер ҳәм тьюторлардан жәмлескен жәми 6 команда қатнасты. Жарыслар қызықлы ҳәм жүдә заўықлы түрде болып өтти. Командалар жеӊимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды. 

Жарыстыӊ жуўмақлаўшы нәтийжесине көре, Ҳаял-қызлар арасында өткерилген спорттыӊ волейбол түри бойынша “Табийий ҳәм гуманитар пәнлер” кафедрасыныӊ оқытыўшыларыныӊ «Тулпарлар» командасы 1-орынды ийелеп, жеӊимпаз деп табылды. “Зооинженерия” ҳәм “Ветеринария” кафедрасы оқытыўшыларыныӊ командасы болса 2-орынды қолға киргизген болса, исши-хызметкерлерден жәмленген командаға 3-орын несип етти. Ерлер арасында болып өткен мини футбол жарысыныӊ нәтийжелери бойынша болса «Тьюторлар» командасы сыйлы биринши орынды ийелеген болса, «Илимий бөлим» командасы 3-орынды алды. 


Сондай-ақ, шашка бойынша өткерилген ойын нәтийжелерине бола, Т.Ибраимов сыйлы биринши орынды қолға киргизген болса, А.Абдикаликов екинши ҳәм С.Собиров үшинши орынларды ийеледи. Жарыс жеӊимпазлары филиал директоры Адилбай Есимбетов тәрепинен диплом ҳәмде баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Ҳәмме қатнасыўшылар бул спорт жарысы ҳәр тәреплеме қызықлы ҳәм заўықлы тәризде болып өткенлиги туўралы өзиниӊ унамлы пикирлерин билдирди. Бул әжайип демлер фотосүўретлерге мөрленди. скачать dle 12.1