Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни қабыл етилгенине 28 жыл толды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. Бул илажда Жаслар мәселелери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары С.Комилжонов, Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, "Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер" кафедрасы ассистент-оқытыўшысы А.Абатов, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Байрам илажыныӊ кирис бөлиминде Өзбекстан ҳәмде Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимни жаӊлады. С.Комилжонов кешени ашып бериў ушын сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен бәршени қутлықлап өтти. Илаж даўамында студент жасларға Мәмлекетлик гимнимиз тынышлық ҳәм қәтержамлық, аўызбиршилик, сондай-ақ халқымыздыӊ гирбиӊсиз арзыўлары ҳәмде келешекке болған үлкен исенимин өзинде сәўлелендиргенлиги ҳаққында кеӊ түрде айтып өтилди. Миллий өзлигимиздиӊ тымсалы болған гимнимиз жаӊлаған ўақтында бәршемиздиӊ қәлбимиз шексиз мақтанышқа бөлениўи сөзсиз. Илаж шеӊберинде студент-жасларда байрам мүнәсибети менен өз тилеклерин билдирип, өз тәрийплерин берип өтти. Мағлыўмат ушын, 1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимниниӊ авторы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов болып, музыкасын белгили компазитор Нәжиматдин Муҳаммеддинов жаратқан.
скачать dle 12.1