Филиалда "Жыл студенти" көрик-таӊлаўы өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-жаслары арасында "Жыл студенти" көрик-таӊлаўы өткерилди. Усы таӊлаўды өткериўден тийкарғы мақсет филиалда билим алып атырған студентлерди илимий искерлик, дөретиўшилик ҳәм жәмийетшилик жумысларға қамтыў ҳәмде олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, табысларға ерисиўи ушын оларды илҳамландырыўдан ибарат. Таӊлаўды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берди. Филиал студентлери арасында жәми 8 студенттен ҳүжжетлер келип түсти. "Жыл студенти" көрик-таӊлаўы төмендеги номинациялар бойынша өткерилди:
➖“Жылдыӊ еӊ белсене билимдан студенти”
➖“Жылдыӊ еӊ белсене үгит-нәсиятлаўшы студенти”
Таӊлаўға келип түскен ҳүжжетлер ҳәм төреши ағзалардыӊ баҳалаўы тийкарында нәтийжелер жәрияланды. Оған бола, “Жылдыӊ еӊ белсене үгит-нәсиятлаўшы студенти” номинациясы бойынша Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелигиниӊ 4-курс студенти А.Ажимуратов, “Жылдыӊ еӊ белсене билимдан студенти” номинациясы бойынша болса Зооинженерия (балықшылық) 3-курсында билим алып атырған А.Досекеева жеӊимпаз деп табылды. Бул студентлер диплом менен сыйлықланды.




Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1