Филиалда әмелге асырылған жумыслар ҳәм белгиленген ўазыйпалар додаланды
Усы жылдыӊ 22-декабрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институтыныӊ Нөкис филиалы мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети инновациялық хызмет, пән ҳәм билимлендириў басқармасы баслығыныӊ орынбасары, ветеринария илимлери докторы Собир Мавлонов филиал администрациясы қатнасыўында ушырасыў өткерди. Филиал директоры Адилбай Есимбетов ушырасыўды ашып берди. С.Мавлонов қатнасыўшылар менен соӊғы 6 ай даўамында филиалда әмелге асырылған жумыслар, оқыў ҳәм студентлердиӊ әмелият өтеў процесси бойынша сәўбетлесиў алып барды. Усы күнге шекем әмелге асырылған жумыслар додаланды. Сондай-ақ, алдағы ўақыттағы режелестирилген ўазыйпалар бойынша усыныс ҳәм пикирлер билдирилди. Филиалда билимлендириў сапасыныӊ нәтийжелилигин буннан былайда арттырыўда комитет администрациясы әмелий жәрдем бериўге барқулла таяр екенлиги атап өтилди. Сәўбет даўамында келешектеги режелер бойынша тереӊ пикир ҳәм усыныслар билдирилди. Соны айрықша атап отиў орынлы, ветеринария илимлери докторы Собир Мавлонов филиал студентлериниӊ билим ҳәмде көнликпелерин қәлиплестириў барыў мақсетинде ашық сабақлар өтиўи режелестирилген. Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем С.Мавлонов тәрепинен лекциялар өтип келинген еди. Бүгинги филиал администрациясы менен шөлкемлестирилген сәўбетлесиў даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар додаланды.
скачать dle 12.1