«Алпамыс» ҳәм «Гүлпаршын» тест сынақлары өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент-жаслары арасында «Алпамыс» ҳәм «Гүлпаршын» тест сынақлары өткерилди "Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер" кафедрасыныӊ дене тәрбия пәни оқытыўшысы Қ.Уразбаев басшылығында шөлкемлестирилген бул тест сынақларында 200 ге жақын студент-жаслар өз ықтыярлары менен қатнасты. Процесс даўамында қатнасыўшылар бир орыннан турып узынлыққа секириў, тас көтериў ҳәм жүгириў, баскетбол тобын себетке таслаў сыяқлы шәртлерди бежерди.
Студент-жаслар барлық түрдеги шәртлерди ғайрат пенен орынлаўға ҳәрекет қылды ҳәм буны әмелге асыра алды. Бул процесс заўықлы тәризде болып өтти ҳәм барлық қатнасыўшыларға жоқары кейпият бағышлады. Соны айрықша атап өтиў керек, тест сынақларына қатнасқан студентлер арасынан 54 студент жақсы нәтийжелерди көрсете алды. «Алпамыс» ҳәм «Гүлпаршын» тест сынақларын өткериўден тийкарғы мақсет филиалда билим алып атырған студент-жаслар арасында саламат турмыс тәризин буннан былайда кеӊ ен жайдырыў ҳәмде оларды спорттыӊ ғалабалық түрлерине қамтыўдан ибарат. Студентлер белсене тәризде қатнасты.
скачать dle 12.1