Жол-транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыў бойынша ушырасыў болды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында Жол-транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў мақсетинде ушырасыў болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы Баспасөз топары аға инспекторы С.Қаллибеков, киши инспекторы Т.Утемуратов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илажды А.Сейткамалов кирис сөзи менен ашып берип, келген мийманларды қатнасыўшыларға таныстырып өтти. Буннан соӊ С.Қаллибеков сөзге шығып, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм профилактика жумысларын алып барыў ҳәмде жолаўшылар мәдениятын қәлиплестирип барыў туўралы сөз жүритти. Илаж даўамында студент-жасларға усы жыл даўамында жүз берген жол-транспорт ҳәдийселери бойынша статистикалық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, жол-транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында сөз жүритилип, ҳәр биримиз жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел қылыўымыз зәрүр екенлиги ҳәм бул мәселеде итибарсыз болмаўымыз керек екенлиги атап өтилди. Қәнигелер тәрепинен студентлерге керекли мағлыўматлар жәмленген буклетлер тарқатылды. Ушырасыўда студентлер усы тема шеӊберинде зәрүр мәсләҳатлер ҳәмде керекли мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1