Хожели қаласындағы «Мансур» фермер хожалығындағы әмелият процесси
Усы жылдыӊ 16-декабрь күни ветеринария медицинасы 2-курс 202-топар ҳәмде ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси 2-курс 211-топар студентлери әмелият басшылары Х.Арзыев ҳәм Ж.Матниязова басшылығында Хожели қаласындағы «Мансур» фермер хожалығына барды. Дәслеп студентлер фермер хожалықтыӊ хызмети менен жақыннан танысты. Әмелият «Зоогигиена» пәни шеӊберинде шөлкемлестирилгенлиги себепли бул жердеги санитария ҳәм зоогигиениялық жағдайды үйренди. Ҳәзирги күнде «Мансур» фермер хожалығында 30 бас симментал нәсилли қарамаллар, 23 бас бузаў ҳәмде 180 бас ешки бағылып келинбекте. Әмелият процесси даўамында студент-жаслар зәрүр мағлыўматларға ийе болды. Оларға әмелият басшылары тәрепинен тема бойынша кеӊ түсиниклер берилди. Сондай-ақ, 2-курс студентлер фермер хожалықтағы жумыс процессин бақлап, азықлық базасы менен танысты. Ҳайўанларды бағыў процессинде рацион дүзиў үлкен әҳмийетке ийе. Филиал студентлери бул бойынша да әмелий көнликпелерге ийе болды. Улыўмаластырып айтқанда Хожели қаласындағы «Мансур» фермер хожалығында шөлкемлестирилген әмелият қызғын тәризде болып өтти.
скачать dle 12.1