Төлемли-контракт қаржыларын төлеў мүддети 2021-жылдыӊ 31-декабрь күнине шекем узайтылды
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қасындағы Билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл қылыў бойынша Мәмлекетлик комиссиясыныӊ 2021-жылы 15-декабрьдеги 10-санлы қарарына муўапық 2021/2022-оқыў жылында жоқары оқыў орынлары бакалавриаты ҳәм магистратурасына төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер, оқыўы көширилген (көширип тикленген) ҳәм қайта тикленген студентлер оқыўы ушын төлем ҳақын өткериў ҳәмде студентлер қатарына қабыл қылыўды рәсмийлестириўдиӊ соӊғы мүддети 2021-жылдыӊ 31-декабрь сәнеси етип белгиленди.
Коронавирус инфекциясына қарсы 2021-жылдыӊ 15-ноябрь күнине шекем толық емленген (вакцина алған), бирақ емленгенлиги ҳаққындағы сертификатты жоқары оқыў орнына белгиленген мүддетинен кешигип берген (берип атырған) абитуриентлер ҳәм студентлерге төлемли-контракт сумассын төлеўде бир мәртелик 10% шегирмени қоллаўға рухсат берилди.
Филиал баспасөз хызметискачать dle 12.1