«Қәбилетли қызлар» дөгереги ушын жаӊа хана берилди
Филиалымызда «Қәбилетли қызлар» дөгерегиниӊ хызмети жолға қойылғанлығы ҳаққында хабар берген едик. Буныӊ тийкарында студент-қызлар арасында инталы ҳәм қәбилетли қызларды анықлап, оларды қызығыўшылығы бойынша дурыс бағдарлаў ҳәм оқытыў сыяқлы унамлы мақсет бар. Филиал директоры Адилбай Есимбетов қәбилетли қызларды буннан былайда қоллап-қуўатлаў ҳәмде оларға әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде, сондай-ақ дөгерек ағзаларыныӊ саны артып барыўын инабатқа алған ҳалда филиал бинасындағы ханалардыӊ биринде оӊлаў жумыслары алып барылды ҳәм «Қәбилетли қызлар» дөгереги ушын ажыратып берди.
Әлбетте, студент-қызларымыз буннан қуўанышқа бөленди. —Пайызлы ҳәм қолай шараятта дөгерегимиз ушын хана ажыратылыўы ҳәммемизди қуўанышқа бөледи. Енди бизлер және де жуўапкершилик пенен жумысқа кирисемиз ҳәмде бизге билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет қыламыз—дейди Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова. Дөгерек ағзалары бул жерде тийкарынан тигиўшилик, тоқымашылық ҳәм кестешилик пенен шуғылланады. Шебер қызларымыз жаратылған шәрт-шараятлардан үнемли пайдаланған ҳалда өз билим ҳәм көнликпелерин арттырып барады. Қәбилетли ҳәм инталы қызларды өзинде жәмлеген бул дөгерек хызметине табыслар тилеймиз.
скачать dle 12.1