Студентлер ушын беллесиў сабағы өткерилди
Студентлердиӊ өз қәнигелигине болған қызығыўшылығын буннан былайда арттырып барыўда ашық сабақлар ҳәм шеберлик сабақлары айрықша орын тутады. Соны инабатқа алған ҳалда, «Зооинженерия» кафедрасы баслығы А.Торешова басламасы менен 1-курс 109-топар студентлерине "Қәнигеликке кирисиў" пәнинен беллесиў сабағы шөлкемлестирилди. Сабақ және де заўықлы болыўы ушын студентлер 3 командаға бөлинип өз-ара беллести. Беллесиў даўамында 1-топар сүт жөнелисиндеги қарамал нәсиллери, 2-топар гөш жөнелисиндеги қарамал нәсиллери, 3-топар болса сүт ҳәм гөш жөнелисиндеги қарамал нәсили ҳаққында презентация қылды. Ал, 2-басқышында болса сораў-жуўап ҳәм тест өткерилди. Студентлер сабақта белсене қатнасып, билимлерин жүзеге шығарыўға ҳәм тапсырмаларды орынлаўға тырысты. Беллесиў жуўмағында 1-команда 90 балл менен жеӊимпаз болды. Қатнасыўшыларға белсене болғаны ушын китап саўға етилди. Студентлер сабақ даўамында өз билимлерин беккемледи.
скачать dle 12.1