SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI201-топар студентлери “Panaev farms” фермер хожалығында ҳайўанлардыӊ нерв системасын үйренди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
201-топар студентлери “Panaev farms” фермер хожалығында ҳайўанлардыӊ нерв системасын үйренди
Алдын хабар бергенимиздей, ветеринария медицинасы ҳәмде ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси қәнигеликлериниӊ 2-курс студентлери әмелият өтеў процессине киристи. Олар әмелият басшылары менен районларда жайласқан фермер хожалықларға барып, өзлериниӊ әмелий билимлерин және де беккемлемекте. Атап айтқанда, ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 201-топар студентлери «Ветеринария» кафедрасы ассистент-оқытыўшысы М.Сагизбаев басшылығында Қараөзек районында жайласқан “Panaev farms” фермер хожалығында болып, әмелият өтеди. Дәслеп, студентлер фермер хожалық искерлигин жақыннан үйренип бул жердеги жумыс процесси менен танысты. М.Сагизбаев 201-топар студентлерине «Ҳайўанлардыӊ минез-қулқын ҳәм нерв системасын үйрениў» темасында кеӊ түсиник берди. Яғный студентлер менен бирге фермер хожалықтағы Австрия ва Германия мәмлекетлеринен алып келинген ҳәм ҳәзирги күнде бул жерде бағылып атырған нәсилли маллардыӊ өзине тән минез-қулқы, нерв системасыныӊ тийкарғы бөлеги ҳәмде нерв клеткаларын үйренди. Бул процесс даўамында оқытыўшы студент-жасларда анық түсиниклерди ҳәм көнликпелерди қәлиплестириўге ҳәрекет қылды. Қарамаллар белгили бир кеселликке шатылғанында орайлық нерв системасына зыян жетиўиниӊ белгилери ҳаққында айтып берди. 2-курс әмелиятшы студентлеримиз“Panaev farms” фермер хожалығында өзлериниӊ теориялық билимлерин әмелият пенен бирлестирген ҳалда жақсы көнликпелерге ийе болды. Әмелият процесси усы тәризде даўам етеди. Тийкарғысы филиал студентлери өзлери ушын әмелий тәжирийбелерди топлап барады.