10-декабрь «Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясы» қабыл етилген күн
Усы жылдыӊ 10-декабрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ мәжилислер залында 10-декабрь «Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясы» қабыл етилген күн мүнәсибети менен илаж шөлкемлестирилди. Онда Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов, "Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер" кафедрасы ассистент-оқытыўшысы А.Абатов,профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Е.Сейтмуратов илажды алғы сөз бенен ашып берип, мәмлекетимизде бүгинги күнде инсан қәдири еӊ жоқары дәрежеде екенлиги, пуқаралардыӊ ҳуқықлары ҳәм еркинликлери кепилленгенлиги ҳаққында сөз етип, бүгин Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгенлигине 73 жыл толғанлығын айрықша атап өтти. Илаж даўамында студентлерге «Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясы» БМШ Бас Ассамблеясыныӊ 3-сессиясында қабыл етилгенлги ҳәм де 30-статядан ибарат екенлиги туўралы мағлыўматлар берилди. Әлбетте, инсан ҳуқықлары ҳәр дайым әҳмийетли дәрежеде болып саналады. Студент-жасларға Инсан ҳуқықлары Пүткил жәҳән декларациясыныӊ мәнис ҳәм мазмуны ҳаққында кеӊ түсиниклер берип өтилди. Илажда студентлер де белсене қатнасып, тема бойынша өзлериниӊ пикирлерин билдирди.
скачать dle 12.1