Студентлер «Султан берекетли шарўа» шарўашылық фермер хожалығында әмелият өтеди
Филиал студентлериниӊ әмелий билимлерин беккемлеў ушын фермер хожалықларына саяхатларды шөлкемлестириў даўам етпекте. «Зооинженерия» кафедрасына қараслы Зооинженерия қәнигелигинде билим алып атырған 2-курс 209, 210, 213-топар студентлери Шоманай районы Қарабайлық АПЖ аймағында жайласқан «Султан берекетли шарўа» шарўашылық фермер хожалығында әмелиятта болды.
Зооинженерия қәнигелиги студентлери фермер хожалығыныӊ искерлиги менен жақыннан танысты. Фермер хожалығы баслығы М.Юусупов хожалықтыӊ жумыс процесси ҳаққында толық мағлыўматларды берип өтти. «Султан берекетли шарўа» шарўашылық фермер хожалығы 2020-жылы дүзилген болып, улыўма жер майданы 26,4 гектар, азықлық жер майданы 22,2 гектар, жайлаў майданы болса 1,5 гектарды қурайды. Бул жерде бағылып атырған қарамаллар бас саны 31, орташа тири салмағы 350-600 кг, жумысшылардыӊ саны болса 3.
Әмелият басшылары А.Торешова, А.Уримбетов ҳәмде Ю.Султановлар әмелият барысында аўыл хожалық ҳайўанларының өсиўи, раўажланыўы, көбейиўи ҳәм нәсил бериўшеңлиги, жәнеде жасалма жол менен көбейтиў усыллары ҳаққында студентлер билим ҳәм көнликпелерге ийе болды.
скачать dle 12.1