10-декабрь Өзбекстан Республикасыныӊ мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн
Бәршемизге белгили, ҳәр жылы 10-декабрь сәнесин Өзбекстан Республикасыныӊ мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн сыпатында белгилеймиз. Усы сәне мүнәсибети менен Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында байрам илажы шөлкемлестирилди. Бул илажда Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары С.Комилжонов, “Ветеринария ҳәм зооинженерия” факультети деканы А.Каниязов, "Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер" кафедрасы ассистент-оқытыўшысы А.Абатов,профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илаждыӊ басында Өзбекстан Республикасыныӊ мәмлекетлик гимни жаӊлады. С.Комилжонов кирис сөзи менен илажды ашып берип, байрам мүнәсибети менен ҳәммени қутлықлап өтти. Буннан соӊ А.Каниязов сөзге шығып, миллий мақтанышымыз болған Мәмлекетлик гимнинде халқымыздыӊ еӊ гирбиӊсиз арзыўлары ҳәм үмитлери өз сәўлесин тапқанлығы ҳаққында сөз жүритип, студент-жасларды бүгинги сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлап өтти. Илаж даўамында А.Абатов қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасыныӊ мәмлекетлик гимниниӊ әҳмийети, оныӊ қатарларындағы ҳәр бир сөз миллий мақтаныш оятыўы ҳаққында айтып өтти. Миллий гимнимиз жаӊлаған ўақтында қәлбимиздеги шексиз мақтаныш ҳәм қуўаныш сезими бизге өзгеше бир заўық бағышлайды. Ўатанымыздыӊ гимни ҳәммемиз ушын әзиз ҳәм муқаддес саналады. Өзбекстан Республикасыныӊ мәмлекетлик гимни қабыл етилгенлигине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген байрам илажы жоқары кейпиятта болып өтти.
скачать dle 12.1