Өрт қәўипсизлиги ҳәм газ ийисинен зәҳәрлениў темасында ушырасыў болды
Бәршемизге белгили, орынларда 15-ноябрьден 15-декабрьге шекем «Өрт қәўипсизлиги бир айлығы» өткерилмекте. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында усы илаж шеӊберинде «Өрт қәўипсизлиги ҳәм газ ийисинен зәҳәрлениў» атамасында ушырасыў болып өтти. Онда Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар басқармасы бөлим хызметкерлери Қ.Сейтназаров ҳәм Н.Қурбанов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамало ҳәмде филиал профессор-оқытыўшылары, студентлер қатнасты. Ушырасыўды Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары С.Комилжонов ашып берди. Илаж даўамында келген мийманлар сөзге шығып, студент-жасларға өрт қәўипсизлиги ҳәм оныӊ алдын алыў, газ ийисинен зәҳәрлениўдиӊ аўыр ақыбетинде бахытсыз ҳәдийселердиң жүзеге келиўи туўралы сөз етти. Ижара үйлерде жасайтуғын студентлерге жылытыў үскенелеринен дурыс ҳәмде қәўипсиз пайдаланыў ҳаққында кеӊ түсиниклер берилди. Филиал студент-жаслары ушырасыў даўамында тема шеӊберинде зәрүр мағлыўматларға ийе болды ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелер тәрепинен жуўап алды.
скачать dle 12.1