“Конституция – пәраўан турмысымыздыӊ негизи” темасында байрам илажы болып өтти
Усы жылдыӊ 7-декабрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультетинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниӊ 29 жыллық байрамы мүнәсибети менен “Конституция–пәраўан турмысымыздыӊ негизи” атамасында байрам илажы болып өтти. Онда «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети деканы А.Каниязов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Дәслеп, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаӊлады. А.Каниязов байрам илажын кирис сөзи менен ашып берди ҳәм салтанатлы байрам илажы менен бәршени қызғын қутлықлап өтти. Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген уллы сәне ҳәр жылы жоқары кейпият пенен белгилениўи, Бас Нызамымыз-мәмлекетимиздиӊ абыройын белгилеп берген тарийхый ҳүжжет екенлиги, пуқараларымыздыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында сөз етилди. “Конституция – пәраўан турмысымыздыӊ негизи” сүрени астында өткерилген байрам илажы филиал студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти. Илаж даўамында ҳәммеге жоқары кейпият инәм етилди.
скачать dle 12.1