SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALIСтудентлер «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасындағы байрам илажында қатнасты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлер «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасындағы байрам илажында қатнасты
Бүгин 1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигине саррас 32 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасында байрам илажы болып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов илажды ашып берип, байрам мүнәсибети менен бәршени қызғын қутлықлады. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ студент-жаслары Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов ҳәм филиал баспасөз хаткери З.Хожамуратова басшылығында байрам илажында тамашагөй сыпатында қатнасты. Байрам илажы шеӊберинде бир қатар қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшылары естелик саўғалары менен сыйлықланды. «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасында байрам илажы қызықлы концерт бағдарламасы менен даўам етти. Студент-жаслар байрамда мәдений дем алып, кейпиятлары көтерилди. Байрам жуўмағында естелик ушын сүўретке түсип, бул әжайип демлерди фотосүўретлерге мөрледи.Еслетип өтемиз, тил байрамына арналған байрам илажы усы жылдыӊ 29-ноябрь күни филиалда кеӊ түрде белгиленди.