Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниӊ 32 жыллығы белгиленди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниӊ 32 жыллығы мүнәсибети менен «Қәдириӊ бәлент болсын, ана тилим» сүрени астында байрам илажы шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр ҳәм жазыўшы Я.Ажимов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниӊ кандидаты А.Абдиев, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Илажды филиал директоры Адилбай Есимбетов ашып берип, байрам мүнәсибети менен ҳәммени қутлықлап өтти. Буннан соӊ келген мийманлар сөзге шығып, тил ҳәр бир миллеттиӊ бийбаҳа ғәзийнеси екенлиги ҳәмде бүгинги күнде ана тилимизди және де байытыў ҳәм асырап абайлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын айтып өтти. Ҳәзирги күнде қарақалпақ тилин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында сөз етилди. Илаж даўамында «Тил жасаса, миллет жасайды» темасында өткерилген шығармалар таӊлаўы ҳәмде «Қәдириӊ бәлент болсын, ана тилим» сүрени астындағы видеороликлер таӊлаўыныӊ жеӊимпазлары мүнәсип тәризде сыйлықланды. Байрам илажы студент-жаслар тәрепинен таярланған кон бағдарламасы менен жоқары кейпиятта даўам етти. Атап айтқанда, ана тили ҳаққындағы қосықларды әдебий оқыў, қарақалпақ миллий үрип-әдетлерин сәўлелендириўши қыз-жигитлер айтысы ҳәм миллий аяқ ойынлар қойып берилди. Илаждыӊ жуўмақлаўшы бөлиминде «Ниҳол» сыйлығыныӊ лауреаты Наўрызбек Махамадияров атқарыўында «Ўатан» қосығыныӊ жаӊлаўы залда отырған ҳәммени толқынландырып жиберди. Филиалда Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниӊ 32 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген байрам илажы жоқары кейпиятта болып өтти.
скачать dle 12.1