Ата-аналар қатнасыўында мәжилис болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында ата-аналар мәжилиси болып өтти. Онда «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети деканы А.Каниязов, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова, психолог К.Алламуратова, топар тюторы Ж.Мамбетниязов ҳәмде ата-аналар қатнасты. А.Каниязов мәжилисти ашып бериб, келген ата-аналар менен ашық сәўбетлесиў алып барды. Филиалдыӊ мәжилислер залында өткерилген бул жыйналыста оқыў процесси, студент-қызлардыӊ руўхый жағдайы, тәртип-интизам ҳаққында сөз етилди. Атап айтқанда Г.Ешмуратова сөзге шығып, студент-қызлар арасында шөлкемлестирилип атырған ҳәр түрли руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм олар менен бирге жумыс алып барыў ҳаққында айтып өткен болса, филиал психологы К.Алламуратова олардыӊ руўхый жағдайы, белсендилик дәрежеси ҳәм студент-жаслар ушын өткерилип киятырған психологиялық семинар-тренинглер ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, студентлердиӊ ата-аналарына топар тюторыныӊ хызмети ҳәм оныӊ ўазыйпалары бойынша толық мағлыўматлар берилди. Соныӊ менен бирге мәжилисте қатнасып атырған ата-аналар арасында сөзге шығып, өз пикир ҳәм усынысларын билдиргенлер болды. Мәжилис даўамында керекли мәселелер додаланып, ашық сәўбетлесиў алып барылды.
скачать dle 12.1