Әмелий билимлер беккемленбекте
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелигиниӊ 3-курс студентлери «Шарўашылықты механизацияластырыў ҳәм автоматластырыў» пәнинен әмелий билимлерин беккемлеў мақсетинде пән оқытыўшысы Т.Ибраимов басшылығында Хожели районында жайласқан Проф Бек Хожели фермер хожалығына барды.
Шарўашылық тараўында технологиялық процесслер үлкен әҳмийетке ийе болып табылады. Студентлер фермер хожалықтыӊ жумыс процесси ҳәм техникасы менен жақыннан танысты. Технологиялық процесслерди бақлап, олардыӊ дүзилиси ҳәм пайдаланыў тәртибин үйренди. Фермер хожалығы искерлигинде техника үскенелеринен дурыс пайдаланыў әҳмийетли екенлиги түсиндирилди. Әмелий сабақ процессинде студент-жаслардыӊ билимлери беккемленди ҳәмде әмелий тәжирийбелери артып барды десек асыра айтқан болмаймыз. Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелигиниӊ 3-курс студентлериорынларда әмелий тәжирийбелерин қоллап көриў арқалы өз билимлерин беккемлеп бармақта.
скачать dle 12.1