Филиал студентлерине психолог тәрепинен тренинглер шөлкемлестирилмекте
Адам кәсип таӊламайды, бәлким кәсип адамды таӊлайды дегениндей, кәсип таӊлаў машқаласы ҳәр бир инсан өмириндеги еӊ әҳмийетли мәселелерден бири саналады. Әсиресе жас әўладты кәсипке бағдарлаў ҳәм олардыӊ қызығыўшылықларын раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Филиалымызда билим алып атырған студент-жаслардыӊ кәсиплик қәбилетлери ҳәм қызығыўшылықларын арттырып барыўға айрықша итибар қаратылып, психолог К.Алламуратова тәрепинен семинар- тренинглер шөлкемлестирилип келинбекте. Атап айтқанда Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 107 ҳәм 108-топар студентлери ҳәмде Зооинженерия (түрлер бойынша) қәнигелигиниӊ 1-курс 109, 110, 111-топар студентлерине тюторы А.Бекмуратов қатнасыўында «Студентлердиӊ кәсиплик қызығыўшылықларын раўажландырыў» темасында тренинг өткерилди. Топарлар арасында өткерилген бул тренинглер даўамында К.Алламуратова тәрепинен студент-жасларға кәсиплик қызығыўшылықты раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги, өзимиз таӊлаған кәсип бизди табысларға қарай жетеклеўи, турмысымыздан қанаатланыў ушын имканият бериўи зәрүр екени түсиндирилди. Инсан кәсипти саналы тәризде ақыл менен таӊлаўға ҳәрекет қылыўы керек. Себеби, келешектеги турмысымыз тикеллей усы таӊлаўымызға байланыслы болады. Жасларымыз жоқары оқыў орынларына белгили бир қәнигеликке ҳүжжет тапсырған ўақтында тек ғана келешекте усы кәсиптиӊ арқасынан шаӊарағымды бағаман деген түсиник пенен емес, биринши нәўбетте мен усы кәсипке меҳир қояман ҳәм таӊлаған кәсибим арқалы жәмийетте өз орныма ийе боламан деген уллы мақсетти алдына қойыўы керек. Сонда ғана нәтийжелер күтилгениндей болады. Филиал студентлери ушын шөлкемлестирилген тренинглер шеӊберинде тема бойынша кеӊ түсиниклер ҳәм мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, олардыӊ қатнасыўында қызықлы психологиялық ойынлар өткерилди. Тийкарғысы тренинг даўамында студентлерге жоқары кейпият инәм етилди.
скачать dle 12.1