Студентлер ушын Еликқала районында әмелий сабақ шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ «Ветеринария» кафедрасы оқытыўшылары Қ.Арзыев, Г.Аманова ҳәм Д.Ерназаровлар Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс 201-топар студентлерин Еликқала районындағы «Амир оқ чашма» көп тармақлы фермер хожалығына алып барды. Ол жерде студентлерге «Зоогигиена» пәнинен әмелий сабақ шөлкемлестирилди. Көп тармақлы фермер хожалығында бүгинги күнде шарўа маллары, қой ешкилер, атлар ҳәм балықлар бағылмақта. Филиал студентлери дәслеп бул жердеги жумыс процесси менен таныстырылып, фермер хожалықтыӊ қашан шөлкемлестирилгенлиги ҳәм бүгинги күндеги искерлиги бойынша мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, санитариялық-гигиеналық талапларын көзден кеширди. — Әмелий сабақ барысында бизлер қарамалларда еӊ көп ушырасатуғын бирлемши кеселликлердиӊ бири жүрек кеселлигине дурыс диагноз қойыў ҳәм оны емлеў бойынша көнликпелерге ийе болдық-дейди студентимиз Сапарнияз Атаниязов. Бул кеселликке шатылған ҳайўанда иштейдиӊ жақсы болмаўы, күшли шаршаў, жатып алыў, жүнлериниӊ тикрейиўи сыяқлы белгилер ушырасады. Бундай жағдайда жүрек әтирапы басып көрилгенинде ҳайўан аўырсынып, бийтақатланады. Оқытыўшылар тәрепинен студентлерге кеселликтиӊ алдын алыў ушын көрилиўи тийис болған ис-илажлар айтып өтилди. 201-топар студентлери әмелий сабақ даўамында толық мағлыўматларға ийе болып, керекли көнликпелерди ийеледи. Бир сөз бенен айтқанда Еликқала районына шөлкемлестирилген саяхат мазмунлы ҳәм қызықлы болды.
скачать dle 12.1