«Байрағымыз-мақтанышымыз» атамасындағы илаж болып өтти
Усы жылдыӊ 18-ноябрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ мәжлислер залында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенине 30 жыл толыўы байрамы мүнәсибети менен «Байрағымыз-мақтанышымыз» атамасындағы илаж болып өтти. Онда Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша директор орынбасары Г.Хожаметов, «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факультети деканы А.Каниязов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, "Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер" кафедрасы баслығы П.Хожалепесов ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Г.Хожаметов илажды ашып берип, Мәмлекетлик байрағымыз тыныш ҳәм татыў турмысымыздыӊ тымсалы екенлигин ҳәм миллий өзлигимизди өзинде сәўлелендириўин айрықша атап өтти. Буннан соӊ илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәмлекетлик нышанлардыӊ әҳмийети, байрағымыз халқымыздыӊ мақтанышы, абырайы екенлиги түсиндирилди. Мәмлекетимиздиӊ байрағы ҳәмийше бәлентлерде желбиреп турыўы биз ушын үлкен қуўаныш болып саналады. Илаж даўамында студент-жасларда өзлериниӊ пикирлерин билдирди. Бүгин Республикамыз бойлап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағының қабыл етилгенине 30 жыл толыўы байрамы мүнәсибети менен байрам илажлары жоқары кейпиятта шөлкемлестирилди. Сол қатары филиалымызда да байрам мүнәсип тәризде белгиленди.
скачать dle 12.1