Студентлер байрамы мүнәсибети менен директор қутлықлаўы
Ассалаўма әлейкум филиалымыздыӊ әзиз ҳәм инталы студент-жаслары!
Сизлерди бүгинги 17-ноябрь халықаралық студентлер күни менен қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев өз шығып сөйлеўинде жасларға үлкен исеним билдирип, оларды айрықша қәдирлеўин атап өткен еди: «Мен ҳәр сапары жасларымыз бенен ушырасқанымда, сизлердиң ғайрат-мәртлигиңизде күш-қуўат аламан, кеўлим таўдай көтериледи. Ҳәр бириңиз жанажан Ўатанымыз ҳәм халқымызға садықлық пенен хызмет етиў әрманы менен жанып жасап атырғаныңызды жақсы билемен. Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жоқары қәдирлеймен». Әлбетте жасларымыз Жаӊа Өзбекстанды қурыўда үлкен күш саналады. Мәмлекетлик статистика комитетиниӊ берген мағлыўматларына қарағанда 2020/2021-оқыў жылы жағдайына көре республикадағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлердиӊ саны 571,5 мыӊ (54,5%) ға жетип, соннан студент жигитлер 311,5 мыӊ, 260 мыӊ (45,5%) студент қызлар қурайды. Филиалымызда ҳәзирги күнде күндизги билимлендириў түринде жәми 876 студент тәлим алып атырған болса, соннан 560 ер жигитлер, ал 316 сы қызлар болып саналады. Олардыӊ ҳәр бири мен ушын өзимниӊ ул-қызларымдай болып қалған. Студентлеримиздиӊ ҳәр бир жетискенлиги бизди қуўанышқа бөлейди. Сан жағынан аз болсақта студент-жаслардыӊ интасы, билим алыўға деген умтылыўы ҳәм олардыӊ ерисип атырған үлкен-киши табыслары биз ушын үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Зооинженерия (балықшылық) қәнигелигиниң 3-курс студенти Парахат Тилеклесов Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Шорланыў шараятында биодийқаншылық халықаралық орайы (ICBA) тәрепинен өткерилген «Арал теңизи регионының шорланған жерлеринде Инновациялық стартап жойбарлар» таңлаўында қатнасып, “Арал бойында балықшылықты раўажландырыў, сондай-ақ жоқ болып кетиў қәўпи астында турған балық түрлерин тиклеў” атамасындағы жойбары тийкарында 400 млн сум грант қаржысын жеӊип алды ҳәм бүгинги күнде жойбар бойынша жумысларды алып бармақта. Соныӊ менен бирге жоқары оқыў орынларыныӊ арасында шөлкемлестирилип киятырған спорт жарысларында белгили нәтийжелерге ерисип киятырмыз. Сөзимниӊ бир мысалы ретинде «Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри кубоги» жарысында спорттыӊ гүрес түри бойынша палўан студентлеримиз белгили орынларды алыўға мияссар болды. Филиал студентлери арасында дөретиўшилик қәбилетке ийе жасларда көп ушырасады. Жақында ЖООлары арасында өткерилген «Студент жаслар ҳәм сайлаў»сүрени астында өткерилген форумда «Әдалатлы сайлаў –пәраўан турмысымыздыӊ негизи» темасында өткерилген шығармалар таӊлаўында филиалымыздыӊ 1-курс студенти И.Ваққосова сыйлы биринши орынды ийеледи. Бул сыяқлы мысалларды жүдә көплеп келтирип өтиўим мүмкин. Ҳәр исте белсене студентлеримиз ғалаба хабар қураллары арқалы да шығып сөйлеўлери ҳәм мақалалары менен қатнасып келмекте. Атап айтқанда, филиал баспасөз хаткери Зийўар Хожамуратова менен мәсләҳатлескен ҳалда, белгили Республикалық газета «Қарақалпақстан жаслары» газетасында, сондай-ақ, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги рәсмий (https://uza.uz/uz) веб-сайтында, Қарақалпақстан хабар агентлигиниӊ рәсмий веб-сайтында ҳәмде Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниӊ рәсмий веб-сайтларында бир қатар студентлеримиздиӊ мақалалары жарық көрип келмекте. Соныӊ менен бирге «Қарақалпақстан» радиоканалында белсене түрде еситтириўлерде қатнасып келмекте. Булардыӊ барлығы мени өзгеше толқынландырып жәнеде күш бағышлайды. Мен бир нәрсени студентлерге ҳәр сапары қайталайман. Тийкарғы мақсетимиз-тараў бойынша жетик қәнигелерди таярлаў. Сонлықтан оларға тереӊ билим бериў, теория менен әмелиятты теӊ алып барыў мақсетинде барлық шәрт-шараятларды жаратып бериўге тынымсыз ҳәрекет қыламан. Ҳәзирги күнде филиалда Ветеринария клиникасы хызмет көрсетип келмекте. Ол жерде студентлер операция процесслеринде тикеллей қатнасып, өзлериниӊ әмелий билимлерин беккемлеў имканиятына ийе. Балықшылық қәнигелигиниӊ студентлери ушын жасалма ҳәўиз қурып берилди. Зооинженерия (палҳәррешилик) қәнигелигинде билим алып атырған студентлер болса қутыларда палҳәрре шаӊарағын бағып, оннан пал өнимлерин алмақта. Соны айрықша атап өтиўим керек жақында студентлердиӊ басламасы менен қоянхана қурылды ҳәм ҳәзирги күнде ол жерде қоянлар бағылмақта. Бул шараятлардыӊ бәршесин студент-жасларымыздыӊ жетик билим алыўы, әмелий тәжирийбелер алып барыўы ушын жаратып бергенбиз. Жасларымыздыӊ жетискенлиги ҳәм оларға жаратылған имканиятлар ҳаққында жүдә көп мысалларды келтириўиме болады. Байрам қутлықлаўым арқалы олардыӊ тек ғана бир бөлегин сизлерге бөлиским келди. Мен жас әўладты кәмил инсан ҳәм жетик қәниге сыпатында таярлаў сыяқлы үлкен жуўапкершиликти тереӊ сезинемен ҳәм бул жолда ийгиликли ислерде өзимниӊ азғана болсада үлесимди қосыўға умытыламан. Филиалда билим алып атырған студентлер ертеӊги күни Қарақалпақстан Республикасында Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын буннан былайда раўажландырыўда өз үлесин қосады деп үлкен исеним билдиремен.
Пурсаттан пайдаланып, сизлерди, мен ушын қәдирли болған студент-жасларды бүгинги байрам мүнәсибети менен және бир мәрте қызғын түрде қутлықлайман. Алды менен бәршеӊизге саў-саламатлық, оқыўларыӊызда тасқын табыслар тилеймен. Жанып турған көзлериӊизге қарап өзиме мотивация аламан. Сизлер менен бирге заманагөй пикирлеўге, жаӊа идеяларды илгери сүриўге ҳәрекет қыламан. Ҳәммемиз биргеликте майда ҳәм батыл қәдемлер менен үлкен мақсетлерге қарай бағдар алғанбыз. Бул жолда ушырасатуғын ҳәр қандай қыйыншылықты бирге жеӊип өтип, табыслар бәндиргисине аўызбиршиликте жетип барамыз. Илайым, бойыӊыздағы ғайрат ҳәм үмит ҳеш қашан сөнбесин. Студентлик мәўритлериниӊ алтынға теӊ елеслерин күнделигиӊизге мөрлеп барыўыӊызға тилеклеспен. Байрам мүбәрек әзиз филиал студентлери!
Ҳүрмет пенен,
Адилбай ЕСИМБЕТОВ,
Самарқанд ветеринария медицинасы институты
Нөкис филиалы директоры
скачать dle 12.1