Хожелидеги Combo 1 жеке шошқашылық комплексинде әмелий сабақ шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалыныӊ Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелигиниӊ 3-курс студентлери Хожели районындағы Combo 1 жеке шошқашылық комплексинде болып, өзлериниӊ әмелий билимлерин беккемледи. «Шошқашылық» пәнинен шөлкемлестирилген бул әмелий сабақ даўамында пән оқытыўшылары Ю.Султанов ҳәм Т.Ибраимовлар студентлерде шошқалардыӊ жынысый безлерин алып таслаў (механикалық кастрация қылыў) бойынша көнликпелерди пайда етиў мақсетинде усы жерге алып келди. Ҳәзирги күнде бул шошқашылық комплексинде 200 басқа шамалас шошқа бағылып атыр. Филиал студентлери қәнигелер жәрдеминде шошқалардыӊ жынысый безлерин алып таслаў процессинде тикеллей өзлери қатнасып, әмелий билимлерин беккемледи. Олар 22 ге шамалас шошқаны операция қылды. Буннан тийкарғы мақсет шошқалардыӊ гөш өнимдарлығын арттырыў ҳәмде олардыӊ ықтыярсыз көбейиўиниӊ алдын алыўдан ибарат. Еӊ тийкарғысы студентлер қәнигелер ҳәм оқытыўшыларыныӊ көрсетпелери тийкарында бул исти әмелге асырды. Студентлердиӊ теориялық билимлерин әмелий жақтан беккемлеп барыўда усындай әмелий сабақлардыӊ орны оғада әҳмийетли болып саналады. Болажақ қәнигелер әмелиятта көзлери менен көрип, операцияларды әмелге асырыўда өзлери қатнасып барса күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин. Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелигиниӊ 3-курс студентлери Хожели районында шөлкемлестирилген әмелий сабақ барысында билим ҳәм көнликпелерге ийе болды.
скачать dle 12.1