Шаӊарақлық мүнәсибетлерди қәлиплестириў темасында семинар болып өтти
Филиалымыздыӊ Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс студентлери арасында “Жаслар санасында шаӊарақлық мүнәсибетлерди қәлиплестириў” темасында семинар-тренинг шөлкемлестиилди. Оған усы топардыӊ тюторы Б.Бекниязов, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова қатнасты. Филиал психологы К.Алламуратова өз сөзинде шаӊарақ жәмийет раўажланыўыныӊ тийкарғы өзеги екенлиги ҳәм тыныш турмысымыз оныӊ беккемлиги негизинде сәўлелениўи ҳаққында айтып өтти. Г.Ешмуратова жасларымыз санасында шаӊарақлық мүнәсибетлерди қәлиплестирип барыў, оларға шаӊарақ муққадес екенлиги ҳәм некеге ҳасла немқурайлық пенен қарап болмаўы туўралы түсиниклерди берди. Ол сөзинде “Ҳәр биримиз өмирдеги жубымызды таӊлағанымызда ҳәр тәреплеме ойланып, пикирлерди тәрезиге салып көриўимиз шәрт. Өйткени, биз өзимиз ушын тек ғана өмирлик жолдас сайламаймыз, соныӊ менен бирге садық дос, мийримли инсан, қәтелескенимизде дурыс жолды көрсетиўши кеӊесгөй, бизди пәк қәлби менен қабыл ететуғын екинши бөлегимизди таӊлаймыз. Усы инсан менен бахытлы шаӊарақ қурыўды исеним менен нийет еткен ўақтымызда ғана биз өз ара мүнәсибетлерге тайын болған боламыз”,-деди. Семинар-тренинг даўамында студент-жасларға шаӊарақ қурыўға ҳәм оныӊ миннетлемелерин мойнына алыўға тайын болмай турмыс қурып, арадан көп ўақыт өтпей ажырасып атырған жуўапкершиликсиз жасларды турмыслық мысаллар менен келтирип өтилди. Еӊ ашынарлысы болса, бийгүнә жетим қалып атырған нәрестелер. Бул түсиниклерди жаслардыӊ санасына сиӊдириў ҳәм олар арасында шаӊарақлық мүнәсибетлерди қәлиплестириў мақсетинде усындай семинарларды шөлкелестирип барыў мақсетке муўапық болады. Филиал студент-жаслары семинар-тренинг даўамында тема бойынша кеӊ түсиниклерге ийе болды.
скачать dle 12.1