Ата-аналар мәжилиси болды
Усы жылдыӊ 12-ноябрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында “Бир қызға жети мәҳәлле ата-ана” атамасында ата-аналар мәжилиси өткерилди. Оған филиал «Гулзар» МПЖ баслығыныӊ шаӊарақ ҳаял-қызлар ҳәм социаллық руўхый ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары Н.Саттуллаева, «Ветеринария ҳәм зооинженерия» факулътети деканы А.Каниязов, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәсләҳатшиси Г.Ешмуратова, филиал психологы К.Алламуратова ҳәм cтудент-қызлардыӊ ата-анасы қатнасты.
Илажды оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ашып берди. Ата-аналар қатнасыўындағы бул мәжилисте шаңарақта-қыз баланыӊ тәрбиясы ҳәм студент-қызлардың әдеп-икрамлылығы бойынша сөз етилди. Атап айтқанда Г.Ешмуратова бүгинги күнде студент-қызлар менен алып барылып атырған жумыслар, олардыӊ қатнасыўында өткерилип атырған ҳәр түрли илажлар туўралы кеӊ түрде айтып өтти. Сондай-ақ, К.Алламуратова студент-қызлардыӊ психологиялық жағдайы ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында сөз жүритти. Мәжилиске келген ата-аналар арасында да сөзге шығып пикир ҳәм усынысларын билдиргенлер болды. Илаж даўамында тийисли мәселелер додаланды.
скачать dle 12.1