«Студент-жасларда унамлы пикирлеўди раўажландырыў»
Ҳәзирги күнде филиал психологы тәрепинен студент-жасларымыз ушын ҳәр түрли мазмундағы семинар-тренинглер шөлкемлестирилип келинбекте. Нәўбеттеги усындай илажлардан бири «Студент-жасларда унамлы пикирлеўди раўажландырыў» темасында болып өтти. Онда Ветеринария медицинасы қәнигелигиниӊ 1-курс 104-топар студентлери ҳәм топар тюторы Т.Жусипбеков қатнасты. Психолог К.Алламуратова унамлы пикирлеў-өмирден және де заўықланып жасаўға ҳәм оны жақсы тәрепке өзгерттириўге тийкар болыўы алымлар тәрепинен дәлийлленгенлиги, унамлы пикирлеўди раўажландырып барыў арқалы инсан өзлигин қәлиплестирип барыўы ҳаққында толық түсиндирип өтти. Түскинликке түсип қалыў жумысларымызға да өзиниӊ кери тәсирин тийгизип, өзимизден жаман энергия тарқатады. Соныӊ ушын ҳәр дайым қуўнақ жүриўге ҳәрекет қылыўымыз керек ҳәм позитив пикирлеўге әдетлениўимиз лазым. Өмири даўамында унамлы пикирлеп жүретуғынлар узақ өмир көриўи мүмкин. Себеби егер ишки қәтержамлыққа ерисе алсақ, машқалалар менен гүресиўимиз аӊсат болады ҳәм буныӊ есесине болса стресстен бираз жырақ боламыз. Улыўмаластырып айтқанда, унамлы пикирлеў бизге өмир заўқын сезиўимиз ушын имканият жаратады. Семинар даўамында айтып өткен темаларымыз бойынша студент-жасларға кеӊ түсиник берилди ҳәм статистикалық мағлыўматлар айтып өтилди. Олардыӊ қатнасыўында позитив ойынлар шөлкемлестирилди. Психолог студент-жасларға илажы барынша мотивация бериўге ҳәрекет қылды ҳәм буны бежере алды деп ойлаймыз. Семинар-тренинг барлық қатнасыўшыларға жоқары кейпият бағышлады.
скачать dle 12.1