Топар тюторлары басшылығында “Әҳмийетли 40 күн” акциясы даўам етпекте
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы тюторлары басшылығында “Әҳмийетли 40 күн” акциясы даўам етпекте. Филиалдыӊ белсенди студент-жаслары пайтахтымыз аймағын абаданластырыўға өз үлесин қосыў мақсетинде терек нәллерин егиў жумысларын қызғын түрде алып бармақта. Елимиз бойлап даўам етип атырған “Әҳмийетли 40 күн” акциясы шеӊберинде терек нәллери егилсе қаламыз жәнеде шырайлы түске енип, инсанлар саламатлығы ушын пайдалы болады. Сол себепли филиал студент-жаслары “Жасыл мәкан” улыўма миллий ҳәрекети жойбарында белсенди қатнасыў ушын ҳәрекет қылмақта.
Ҳәзирги ўақытта акцияға барлық жоқары оқыў орынлары белсене қатнаспақта. Еӊ тийкарғысы бәримиз аўызбиршиликли түрде елимиз абаданлығы ушын өз үлесимизди қосып атырғанымыздан жүдә қуўанышлымыз. Еслетип өтемиз, топар тюторлары басшылығында “Әҳмийетли 40 күн” акциясы даўам етеди.
скачать dle 12.1