Айрым балықшылық хожалықларында балықлардыӊ “Краснуха” (рубелла) кеселлиги менен зыянланыўы
Ҳәзирги күнде Балықшылық тармағындағы машқалаларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ "Балықшылық тармағын басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық: Қарарда нәзерде тутылған илажлардыӊ әмелге асырылыўы балықшылық тармағыныӊ барлық тараўын қамтып алыўы және оныӊ жедел раўажланыўын тәмийинлейтуғын бирден-бир басқарыў системасы дүзилиўине, жаӊа жумыс орынларыныӊ жаратылыўына, балық жетистириў көлемлерин кескин кемейтиўге, Республика халқыныӊ балық өнимлерине болған талабын тәмийинлеўге ҳәм тараўдыӊ потенциалын арттырыўға көмеклеседи.
Ҳәзирги күнде бул пәрман ҳәм қарарлардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ўәлаятларда әмелий илажлар өткерилмекте. Бирақ балық ҳәм балық өнимлерин көбейтиўде балықларда ушырасатуғын айрым кеселликлер, атап айтқанда, балықлардыӊ гелминтоз кеселликлериде белгили дәрежеде тосқынлық қылып атыр.
Қарақалпақстан Республикасында айрым балықшылық фермер хожалықларында анықланған бул кеселликлердиӊ алдын алыў илажларын ислеп шығыўды мақсетке муўапық деп есаплаймыз.
Изертлеўлеримиз Қарақалпақстан Республикасы Қарақалпақ балық санаат ЖШЖ ҳәм Нөкис районыныӊ айрым жасалма суў ҳәўизлеринде алып барылды. Жәми болып бул хожалықларда өсирип атырылған 2 түрге тийисли балықлар тексериўден өткерилди. Бунда органолептикалық ҳәм паразитологиялық жарып көриў усылынан пайдаланылды. Жәми болып 54 балықлар тексериўден өткерилди. Жуўмақлап айтқанда, алып барылған тексериўлеримизде балықлардыӊ “Краснуха” (рубелла) менен зыянланıў дәрежеси орташа 24,6 % ти қурады. Республикамызда балықлардыӊ “Краснуха” (рубелла) кеселлигин жыл сайын өсип барыўы Арал теӊизиниӊ қысқарып барыўы нәтийжесинде оныӊ арқасында уя қурған балықхор қусты Республикамыздыӊ орайлық ҳәм қубла аймақларына ушып келиўи ҳәм жасаўы ақыбети нәтийжесинде келип шығып атыр. Алып барылған изертлеўлер нәтийжесинде төмендеги жуўмаққа келдик:
1.Республикамыздыӊ жасалма суў ҳәўизлеринде балықлардыӊ қызлыша менен зыянланыў дәрежеси орташа 21,7 % ти қурап, оныӊ жыл сайын өсип барыўы .
2.Кеселлик бойынша саламат болмаған хожалықлардан аўланған балықларды шийки ямаса жақсы писирмей турып ҳайўанларға бермеў. Қыста балықларды өним ретинде шығармаўдан алдын оларды музлатыў мақсетке муўапық.
3.Шийки балықларды 14 күн даўамында дузлаў усыныс етиледи.
«Зооинженерия» кафедрасы ассистенти А.Жолдасбаев
скачать dle 12.1